«UzAuto Motors» компаниясы 9-марттан автомобильлер ушын жаңа баҳаларды жәриялады. Хабар берилиўинше, «Spark»тиң баҳасы модификациясына қарай 10-21 процентке, «Cobalt»тики 10-14 процентке, «Nexia»ның баҳасы 15-19 процентке, «Lacetti»дики болса 3 процентке көтерилген. «Malibu 2», «Tracker», «Trailblazer», «Equinox», «Traverse» ҳәм «Tahoe» автомобильлериниң баҳалары болса өзгериссиз қалдырылған.
«Chevrolet Damas VAN» баҳасы 21 процентке көтерилген (бурынғы баҳасы – 62 750 539 сум еди), «Damas LABO»ның баҳасы 11 процентке көтерилди (бурынғы баҳасы – 71 349 654 сум).
«Chevrolet Spark LS M/T» баҳасы 10 процентке (бурынғы баҳасы – 66 602 502 сум), «Spark LT A/T»ның баҳасы болса 21 процентке көтерилди (бурынғы баҳасы – 76 745 952 сум). «Chevrolet Cobalt LT s/k»ның баҳасы 10 процентке (бурынғы баҳасы – 87 060 777 сум), «Cobalt LTZ A/T» 14 процентке көтерилди (бурынғы баҳасы – 100 777 630 сум).
«Chevrolet Nexia LT M/T» 15 процентке (бурынғы баҳасы – 75 930 613 сум), «Nexia LTZ A/T» 19 процентке (бурынғы баҳасы – 89 062 015 сум), «Nexia LT M/T Optimum Plus» 15 процентке (бурынғы баҳасы – 78 189 036 сум), «Nexia LTZ A/T Elegant Plus»тиң баҳасы 19 процентке көтерилди (бурынғы баҳасы – 91 320 438 сум).
«Chevrolet Lacetti»диң баҳасы 3 процентке (бурынғы баҳасы – 111 116 080 сум), «Chevrolet Lacetti (GBO) SX» 3 процентке (бурынғы баҳасы – 119 696 350 сум), «Chevrolet Lacetti CDX A/T Elegant Plus» 3 процентке көтерилди (бурынғы баҳасы – 134 104 347 сум).
Мағлыўмат ушын, компания ислеп шығарып атырған айрықша модельлердиң баҳалары соңғы мәрте 2018-жылы орташа 7,7 процентке көтерилген еди. Алдын «UzAuto Motors» автомобильлериниң баҳасы қосымша опциялар есабынан бираз қымбатлағаны ҳаққында хабар берген едик.
Хабарларға қарағанда, «UzAuto Motors» компаниясына (алдынғы «General Motors Uzbekistan» компаниясы) берилген бир неше жеңилликлер 2018-жылдың ақырында бийкар етилген еди. Компания алдынғы жылларда барлық түрдеги салық ҳәм мәжбүрий төлемлерден азат етилген болса, 2019-жылдан баслап тек ғана қосымша қун салығы төлеминен азат етилген. 2019-жылдың 1-октябрь күнинен баслап компания қосымша қун салығын да төлей баслады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.