Ташкенттеги Халықаралық бизнес орайында Япония ҳүкиметиниң бийғәрез жәрдем бағдарламасы шеңберинде грант шәртнамаларына қол қойыў мәресими болып өтти.

Япония ҳүкимети Өзбекстан менен байланысларды стратегиялық шериклик принциплери тийкарында раўажландырып келмекте,-деди Японияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ёшинори Фуджияма. –Бул илаж да усы стратегиялық шериклик шеңберинде болып өтпекте.

Япония ҳүкимети 1995-жылдан берли усы бағдарлама шеңбринде елимиздиң медицина ҳәм билимлендириў мәкемелерине, жергиликли ҳәкимият уйымларына ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерине бийғәрез жәрдем көрсетип келеди. Усы бағдарлама шеңберинде ҳәзирге шекем улыўма нырқы  28 миллион доллар муғдарында 391 жойбар әмелиятқа енгизилди.

Мәресимде социаллық бағдарларда улыўма нырқы 681 мың долларлық  9, атап айтқанда, медицина бағдарында 5, мектепке шекемги билимлендириў бағдарында 3, мәденият бағдарында бир жойбар бойынша грант шәртнамасына қол қойылған.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының аймақлық перинатал орайы, эндокринология диспансери, Өзбекстан Республикасы онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайының Хорезм ҳәм Жиззақ филиаллары, Сурхандәря ўәлаятының екинши аймақлық перинатал орайын медициналық үскенелер менен тәмийинлеў бойынша келисимге ерисилди. Сондай-ақ, Термез қаласындағы 17- ҳәм 21-мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, Жиззақ ўәлаятының Пахтакар районындағы 4-орта мектеп де заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленетуғын болды.

Япония ҳүкимети елимизге мәденият бағдарында да бийғәрез жәрдем көрсетип келмекте. Қол қойылған ҳүжжетлерден бири Өзбекстан  мәмлекетлик жәҳән тиллери университетинде япон тилин үйрениў ушын пайдаланылатуғын техникаларды жақсылаўды нәзерде тутады.

Ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминде атап өтилген социаллық мәкемелердиң ўәкиллери де қатнасты. Олар Японияның бийғәрез жәрдем бағдарламасы шеңбериндеги жойбарлар мәмлекетлеримиздиң өз-ара жақын дослық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

 

С.РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы