Елликқала районының Бостан қаласында жаңадан шөлкемлестирилген «BOSTON MEGA TEKSTIL» жуўапкершилиги шекленген жәмийети буннан былай джинси таўарларын шығара баслайды.  Бул кәрхана тәрепинен жыллық қуўатлылығы 10 миллион метр квадрат джинси таўары ҳәм 4000 тонна ийирилген жип ислеп шығарыў жойбарластырылған. Бүгинги күнде кәрханаға заманагөй технологиялар ҳәм әсбап-үскенелер алып келиў мақсетинде Япония, Италия, Германия, Қытай сыяқлы еллер менен импорт шәртнамаларына қол қойылды.

Жойбар 2017-жылдың төртинши шерегинде иске түсирилиўи мөлшерленген болып, нәтийжеде 200 жаңа жумыс орны жаратылыўы күтилмекте. Ең әҳмийетлиси бул жерде биринши гезекте колледж питкериўшилери жумыс пенен тәмийинленеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Телеграмдағы каналда бизге қосылың