Үстирт газ қазып алыў басқармасына қараслы «Арқа Бердақ» газконденсат кәниндеги 73-санлы қудықта толық оңлаў жумыслары алып барылды. Бул ҳаққында «Өзбекнефтьгаз» хабар берди.
Қудыққа қатлам суўы келиўиниң көбейгенлиги ушын күнлик газ қазып алыў улыўма тоқтаған еди. Ҳәзирги ўақытта қудықта суў жолларын иркиў жумыслары әмелге асырылып, жоқарғы юра қатламының 1592-1588 метр интерваллар аралығында перфорация жумыслары алып барылды.
Нәтийжеде қудықтан бир суткада 100-120 мың куб метрге шекем санаат типиндеги тәбийғый газ алынбақта.
Мағлыўмат ушын, Мойнақ районында жайласқан «Арқа Бердақ» газконденсат кәни 2005-жылы иске түсирилген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.