Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы жылдың 28-февраль күни «Жаслар шахмат тахтасы» дәстүрий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.
– Жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириў бойынша бес әҳмийетли басламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң 2020-жыл I шерек ушын белгиленген ис-режесине тийкар «Жаслар шахмат тахтасы» спорт жарысын ҳәр жылы өткериў дәстүрге айланған, – дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси дене тәрбиясы ҳәм спорт бөлиминиң баслығы Азамат Абибуллаев.
«Жаслар шахмат тахтасы» спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышына барлық қала ҳәм районлардан алты жас категориясы бойынша 200 ден аслам жаслар қатнасып, жеңимпазлар Өзбекстан Республикалық басқышқа жоллама алды.
Жарыс жеңимпазлары Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары бирлеспеси Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.