«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында мобиль қурылмалардың IMEI номерлерин дизимге алыў ушын халықтан өндирилетуғын төлемлерди бийкар етиў ҳәм дизимге алыўды әпиўайыластырыў тәртиби енгизилиўи соралған петиция жәрияланды.
«Себеби, ҳәзирги глобалласыў процесинде халықты қоллап-қуўатлаў, артықша төлем ҳәм әўерегершиликлерди сапластырыў әҳмийетли деп ойлайман», – деп жазылған мүрәжатта.
Мүрәжат авторы усыларды есапқа ала отырып, мобиль қурылмалардың IMEI номерлерин дизимге алыўдағы төлемлерди бийкар етиўди сораған.
Мүрәжат 10 мың даўыс топлаўы керек болған болып, ҳәзирги ўақытта (материал жазылып атырған ўақытта 17.02.2020 саат 14:15 те) 12 мыңнан аслам даўыс топлаған.
Еслетип өтемиз, 2019-жылдың сентябрь айында ҳүкиметлик қарар тийкарында Өзбекстан аймағында пайдаланылып атырған сатыў ямаса жеке түрде пайдаланыў ушын алып киргизилетуғын және ислеп шығарылатуғын мобиль қурылмаларды дизимге алыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған еди. Режеге муўапық, мобиль қурылмаларды дизимге алыў система операторы ямаса системаның дизимге алыўшысына мүрәжат бойынша әмелге асырылады. Бул төлемли болып, көплеген машқалаларды жүзеге келтирип атырған еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.