Республикада бийғәрез донорлықты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў арқалы қан қәўипсизлигине ерисиў, бир-биреўге мийрим-шәпәтти күшейтиў, үлгили бийғәрез донорларды хошаметлеў мақсетинде пайтахтымызда халықаралық донорлар күни мүнәсибети менен «Сиз қалай жәрдем бере аласыз!», «Қан тапсырың. Оны ҳәзир тапсырың. Оны тез-тез тапсырың» сүрени астында театрластырылған байрам кешеси болып өтти.
Оған пайтахтымызда жайласқан республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелери ҳәм районлық медицина бирлеспелериниң, «Саламатлық ҳәм медициналық статистика институты Қарақалпақстан филиалының қәнигелери, үлгили бийғәрез донорлар, белсендилер, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша секретариат баслығы А.Қалбаев, Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Қ.Камалов, Өзбекистан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўапкер шөлкемлестириўшиси Л.Байбосынова, «Қызыл ярым ай» жәмийети Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Д.Даниярова, Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикалық басқармасының баслығы Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, донорлық ҳәм оның әҳмийетине айрықша тоқтап өтти. Бир неше жыллардан берли қан тапсырып киятырған бийғәрез донорларды ҳәм бийғәрез донорлықты раўажландырыў жолындағы белсендилерди қутлықлап, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған саўғаларды тапсырды.
– Мен ҳәзир напақадаман. Мине, 5-6 жылдан берли республикалық қан қуйыў станциясына қан тапсырып киятырман. Алдын қан басымы себепли басым аўыра беретуғын еди. Донорлықты баслағанлы берли бул нәрсе жоғалды. Өзимди жақсы сезип жүриппен. Ҳәзир медицина оғада раўажланып кетти. Шыпакерлер, оған келген адамлар ушын барлық шараятлар жаратылған. Бир адам азғантай қан берип екинши бир адамның өмирин сақлап қалыўы мүмкин, сонлықтан ҳәммени усы ийгиликли иске қатнасыўын сорап қаламан,-дейди бийғәрез донор А.Алиева.
Илаж қатнасыўшыларына республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.