Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты халқының электр энергиясына болған талабын қанаатландырыў қаплаў мақсетинде ири жойбар әмелге асырылмақта.

2020-жылдың 21-январь күни биринши пуў-газ қурылмасының газ турбинасы табыслы иске түсирилди ҳәм электр тармаққа қуўатлылық бере баслады, деп хабар берди Энергетика министрлигиниң баспасөз хызмети.

Ҳәзирги ўақытта пуў-газ қурылмасында бас жумысты бөлип алып ислеўшиниң режесине тийкарланып сынаў-таярлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Жойбардың улыўма қуўатлылығы 560МВт болып, июль айында толық иске түсирилиўи режелестирилген.

Усы жойбарды әмелге асырыў есабынан жыллық 488,6 миллион куб метр жанар майдың үнемлениўине тежелиўине ерисиледи ҳәм өсип баратырған электр энергиясынан пайдаланыўды қаплаў мүмкиншилигин береди.

Бул ЫЭСтиң нәтийжелилиги орташа есапта 31,21 проценттен 49,7 процентке артады, ислеп шығарылатуғын электр энергиясының жыллық көлеми 3,6 миллиард кВт/с.ны қурайды. Ислеп шығарылатуғын ыссылық энергиясының жыллық көлеми  139 000 Гкалды қурайды.

ӨзА