Қарыйдарлар бундай реңдеги автомобильлерди ислеп шығарыўшыдан қосымша төлем есесине алыўы мүмкин, деп жазбақта «Uznews» басылымы.

– Мода тенденциясын есапқа алған ҳалда, «UzAuto Motors» автомобильди үрдиске айланып атырған гүңгирт қара реңге бояўды баслады, – деп мәлим еткен компания.

Атап өтилиўинше, автомобильди гүңгирт реңге бояў арнаўлы бояў ҳәм методология жәрдеминде әмелге асырылады.

– Процесс қурамалы болып, қосымша ислеўди талап етеди. Буннан былай эксклюзив реңдеги автомобиль ийеси болыўды қәлейтуғын ҳәр қандай қарыйдар 5 миллион сум менен ислеп шығарыўшыдан үрдиске айланып атырған реңдеги автомобиль ийеси болыўы мүмкин, – деп жазылған компания хабарында.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.