Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткериўши округлик сайлаў комиссияларының жуўмақлаўшы протоколлары үйренип шығылғанда, 3 сайлаў округинде (Самарқанд ўәлаяты 67-Пастдарғом сайлаў округи, Ферғана ўәлаяты 102-Яйпан ҳәм 106-Бағдод сайлаў округлери) сайлаў нәтийжелерин анықлаў процесинде арифметикалық қәтелерге жол қойылғаны анықланды.

Сонлықтан, Парламентке өткерилген сайлаўдың биринши турының нәтийжелери корректировкаланды.

 

Яғный:

 

1) ӨзЛиДеП – 42 (-1);

2) «Миллий тикланиш» – 34 (-1);

3) «Адолат» СДП – 20 (-1);

4) Халық демократиялық партиясы – 18;

5) Экопартия – 11.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.