Қанлыкөл районындағы «Бахытлы» дем алыў майданшасында «Китаплар фестивалы» жойбары шеңберинде илаж болып өтти.

Илажға район ҳәкимлигиниң жуўапкер басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, билимлендириў мәкемелериниң басшылары, оқытыўшылары, оқыўшылары ҳәм ата-аналар қатнасты.

Илажды өткериўден тийкарғы мақсет – халықтың барлық қатламлары, әсиресе, жаслар ҳәм оқыўшылар арасында китап оқыўға деген қызығыўшылықты ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап  өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм қитапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы бийлиги ҳәм  усы жыл 5-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы Пәрманында жасларда китап оқыўға ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыўға қаратылған «Ең жақсы китапқумар», «Зийрек китапқумар», «Ең жас китапқумар» «Балалар китаплары», «Китап байрамы» сыяқлы ҳәр қыйлы илажлар, ушырасыўлар, шеберлик сабақларын турақлы түрде шөлкемлестириў белгиленген еди. Сонлықтан, усы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район жәмийетшилиги тәрепинен балалар ушын биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған бул илаждың әҳмийети оғада уллы.

Илаж шеңберинде, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери арасында қарақалпақ, өзбек, орыс, инглис тиллеринде Ўатан, китап, билим алыў, устазлар ҳаққында қосық, тақмақ айтыў жарыслары, мектеп оқыўшылары арасында болса, белгили шайырларымыздың қосықларын айтысыў мүшайрасы, ал, мектеп, колледж оқыўшылары арасында таңламалы китаплар тийкарында таярланған «Зийрек китапхан» интеллектуал таңлаўы өткерилди.

Сондай-ақ, онда «Китап дүньясы» дүканы тәрепинен кызықлы китаплар саўдасы әмелге асырылып, Мәлимлеме-ресурс орайлары тәрепинен китапларды тийисли тәртипте алып оқыў имканияты жаратылды.

Илажда жас художниклердиң таңлаўы, «Мен көп билемен», «Сүўрет саламыз-жасаймыз» сыяқлы бир қатар  конкурслар өткерилди.

Илаж соңында жыйналған балаларға музыка ҳәм көркем-өнер мектеби тарбияланыўшыларының концерти ҳәм «Жайҳун мўъжизаси» цирк шоу бағдарламасы қойып берилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.