«Орайлық сайлаў комиссиясы быйыл 22-декабрьде парламентлик ҳәм жергиликли кеңеслерге болатуғын сайлаўларда депутатлыққа талабанларды көрсетиўде сиясий партиялардың жумысына жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, ҳәкимлер тәрепинен араласыў жағдайлары болып атырғаны ҳаққында социаллық тармақлардағы хабар ҳәм мәлимлемелерге итибар қаратты.

Орайлық сайлаў комиссиясы атап өтеди, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 37-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан көрсетиў ҳуқықына сиясий партиялар ийе болып есапланады.

Бул ҳуқық сиясий партиялардың толық ўәкиллиги болып есапланады.

Сиясий партиялардың депутатлыққа талабан көрсетиў жумысына нызамсыз түрде араласыў нызам менен қадаған етиледи ҳәм жуўапкершиликке себеп болады.

Орайлық сайлаў комиссиясы жоқарыда атап өтилгендей жағдайлар орын алса, тийкарланған фактлер менен ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиўиңизди ҳәм бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясын хабардар етиўиңизди сорайды.

Сондай-ақ, усы жағдайлар бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының 1197 қысқа номерли «Исеним телефоны»на да мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

 

Орайлық сайлаў комиссиясының

Халықаралық баспасөз орайы

ӨзА