1) Сүўретте көрсетилген (қызыл менен боялған) түймени бир мәрте бассаңыз, есаплағыштың мәмлекетлик белгисин көрсетеди.
Түймени еки мәрте бассаңыз, тармақтағы әмелдеги күшлениўди көрсетеди.
Түймени үш мәрте бассаңыз, әмелдеги ўақытты көрсетеди.
Түймени төрт мәрте бассаңыз, сәне, ай ҳәм жылды көрсетеди.
Түймени бес мәрте бассаңыз, пайдаланылған энергия муғдарын көрсетеди.
2) Электр есаплағыш тазасына алмастырылғанда есап бетиңиздеги барлық пулларыңыз толық сақланады.
3) Сиз атыңыз, фамилияңызды, мәнзилиңиз, жеке есап бетиңиз ҳәм төлем суммасын дурыс жазыўыңыз керек.
4) 2100 қысқа номерине «D» ҳәрипли SMS жоллаң ҳәм есап бетиңиздиң жағдайы бойынша барлық мағлыўматларды алың.
5) Кассаларға өзиңиз келип, нәўбет күтиўиңиз ҳәм қымбатлы ўақтыңызды сарплаўыңыз шәрт емес. Төлемди Paynet, Payme, Click арқалы әмелге асырыў мүмкин.
6) Сүўретте көрсетилген қызыл шырақ жанғанда бюроға (ЖЭК ҳәм ЖТМШ) мүрәжат етиў ҳәм жалғаныў системаларын дәслепки жағдайға келтириў керек. Буның ушын пломбаны үзиў шәрт емес.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.