Соңғы ўақытларда социаллық тармақларда Өзбекстан көлеминде ғалаба тәризде орнатылып атырған жаңа электр есаплағышлары көрсеткишлерин көбейтип көрсетип атырғаны ҳаққында наразылықлар билдирилип атырғаны бақланбақта, деп жазады ӨзР Энергетика министрлиги.

Министрлик қәнигелери бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте тутыныўшылардың шағымларына жуўап берип, электр энергиясын есаплайтуғын заманагөй үскенелер артықша кВт саатларды «пайда етип атырғаны» менен байланыслы жағдайға анықлық киргизди.

Орнатылған жаңа есаплағышларда анықлық дәрежеси алдынғы индукциялық ямаса биринши әўладқа киретуғын айырым электрон есаплағышлардан бир қанша жоқары есапланады. Мәселен, егер индукциялық есаплағышларда анықлық дәрежеси ±2,5% ти қураса, жаңаларында бул ±1,0% ти қурайды.

Сондай-ақ, индукциялық есаплағышлардың анықлық дәрежеси ҳәр бес жылдан соң ±5% кемейеди. Буннан келип шығып айтатуғын болсақ, айырым индукциялық есаплағышларда анықлық дәрежеси ±10% көбейип кеткен болса да, пайдаланыўшылар ески есаплағышлардан пайдаланыўды даўам еттирмекте.

Көпшиликке белгили, айырым инсапсыз пайдаланыўшылар жылытыў системасына «нулевой» өткергиш жалғап алған болып, электр энергиясынан нызамға қайшы түрде пайдаланып келмекте. Бул болса энергия системасына зыян жеткерилиўине, жылытыў қубырларының истен шығыўына, айырым жағдайларда болса ток урыўы ақыбетинде пуқаралардың биймезгил қайтыс болыўына себепши болады.

Ҳәзирги есаплағышлар бундай жағдайларда тек ғана есаплағыштан өтип турған электр энергиясын есаплап қоймастан, соның менен бирге, нызамға қайшы тәризде пайдаланылып атырған бөлегин де есапқа алады.

 

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-октябрьдеги «Электр энергетикасы тармағын жедел раўажландырыў ҳәм финанслық турақлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, усы жылдың 12-август күнинен баслап Нөкис қаласындағы барлық электр энергиясы пайдаланыўшыларының есаплағышларын жаңасына алмастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.