Перзентлеримизди Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың ата-бабаларымыз, тарийхымыз туўралы билимлерин арттырыў ушын ерте заманлардан бизге мийрас болып қалған тарийхый естеликлердиң әҳмийети үлкен. Жасларымыз усы естеликлерди тамашалағанында, тарийхымыздың тамыры тереңде екенлигин аңлап, оларда мақтаныш сезимлери оянады.

Сонлықтан, көплеген мәкеме ҳәм шөлкемлерде хызмет етип атырған хызметкерлердиң перзентлерин усындай ески тарийхый орынларға саяхатқа шығарыў дәстүрге айланбақта.

Усы жыл 30-июль күни Арқа-Батыс әскерий округи тәрепинен, усы округта хызмет етип атырған әскерий хызметкерлердиң бир топар перзентлери ушын республикамыздың тарийхый естеликлериниң бири болған Шылпық қорғанына саяхаты шөлкемлестирилди.

220 жыллық тарийхқа ийе болған Шылпық қорғаны археологиялық естеликлердиң бири болып, ол ЮНЕСКОның есабында турады. Бул әййемги естелик дәслеп зардуштийлик дининиң арнаўлы имаратларының бири сыпатында, кейин Хорезмшаҳлар мәмлекетиниң қорғаныў қурылмаларының бири сыпатында пайдаланылған.

– Ҳәзирги күнге шекем сақланып киятырған бул қала қурылысы бойынша беккемлиги менен ажыралып турады екен. Әскерий хызметкерлердиң перзентлери саяхат даўамында усы мағлыўматларға ийе болды ҳәм сол жерде саяхат етип жүрген европалы саяхатшылар менен инглис тилинде сәўбетлести,-дейди АБӘО баспасөз хызмети бас қәнигеси Шохиста Абдурахманова.

Округ басшылығының режеси бойынша алдағы ўақытлары әскерий хызметкерлердиң перзентлериниң қатнасыўында «Кишкене саяхатшылар» жойбары шеңберинде Өзбекстан тарийхы менен «жанлы сәўбет» экскурсиялар түринде шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.