Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма  билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген «Жайҳун» командасы Қазақстан Республикасының Көкшетаў қаласында болып өтетуғын халықаралық жас қутқарыўшылар жарысына қатнаспақта. Бул ҳаққында бизге ҚР Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық оқыў методикалық орайы директорының орынбасары Айбек Дәўлетбаев хабар берди.

Дәслеп Астана қаласына жетип барған жерлеслеримизди Өзбекстанның Қазақстандағы елшиханасы ўәкили Д.Ҳакимов күтип алды.

Усы жылдың 15-19-июль күнлери аралығында Көкшетаў қаласында болып өтетуғын жарысқа Россия, Әзербайжан, Беларуссия, Қырғызстан сыяқлы дүньяның 12 мәмлекетинен жас қутқарыўшылар командалары қатнасыўы күтилмекте.

Улыўма 11 шәрттен ибарат болған жарыста жерлеслеримиз өзлериниң күшли таярлықлар менен келгенин көрсете алады, деген үмиттемиз.

Мағлыўмат ушын, пайтахтымыздағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген «Жайҳун» командасы усы жылдың 16-18-май күнлери болып өткен Өзбекстан басқышында 1-орынды ийелеп, халықаралық басқышта республикамыз атынан қатнасыў ушын жоллама алған еди.

Жарыстың барысы ҳаққында кейинги материалларымыз арқалы таныстырып барамыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.