Нөкисте республикамызда туризмди раўажландырыўға бағдарланған жойбарлар бойынша семинар-тренинг болып өтти.
Илажда атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимизде туризмди раўажландырыў, үлкемизге келип атырған туристлерге сапалы сервис хызметин көрсетиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Мағлыўматларға қарағанда, өткен жылдың жуўмағы бойынша елимизге сырт еллерден 5,3 миллион турист келген. Деген менен, тараўда оларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы бүгинги күнниң талабына толық жуўап бермейди. Усы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен Өзбекстан Аспазлар ассоциациясы тәрепинен биргеликте «Ләззетли Өзбекстан», «Өзбекстан бойлап гастротур», «Мийман күтиў мектеби» сыяқлы бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.
–Елимизге келип атырған сырт ел туристлерине жети күнге мөлшерленген «Өзбекстан бойлап гастротур» жойбары усынылады,-дейди Өзбекстан Аспазлар ассоциациясы «Мийман күтиў мектеби»ниң хызмет көрсетиў бойынша қәнигеси Умид Алиматов. –Бул жойбар бойынша қәлеўшилер Ташкент қаласы, Ташкент, Самарқанд, Бухара, Қашқадәрья, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бойлап саяхат етиўлери мүмкин. Бүгинги семинар-тренингтиң мақсети, оларға хызмет көрсететуғын қәнигелердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў, солай етип, елимиздиң туризм тараўын буннан да раўажландырыў болып табылады.
– Елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы бизиң республикамызға да сырт еллерден көплеп туристлер келмекте,-дейди Нөкис қаласындағы «Жипек жолы» мийманханасының бас аспазы Дилшода Досанова. –Илажда туристлерге миллий гастрономиялық брендимизи усыныў, олар менен сөйлесиў мәденияты, ҳәр қандай жүзеге келген машқаланың шешими бойынша қәнигелерден мағлыўматларға ийе болдық. Бул болса, көрсетилип атырған хызметтиң сапасын арттырыўға хызмет етеди.
Илаж соңында қатнасыўшыларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.