Жәҳән мәлимлеме агентликлериниң хабарына бола, соңғы күнлерде Қубла-шығыс Азия, сондай-ақ, Россия ҳәм Монголия мәмлекетлеринде бақланып атырған күшли жаўын-шашын аймақлардағы суў тасқынларын келтирип шығармақта.

Атап айтқанда, Россияның Иркутск ўәлаятының 5 районын суў алған. Мәмлекеттиң айрықша жағдайлар хызметиниң мағлыўматына қарағанда, аймақта тәбийғый апатшылық ақыбетинде қайтыс болғанлардың саны 20 ға жеткен, 650 ге шамалас адамға медициналық жәрдем көрсетилген.

Японияның Кюсю атаўында жүз берип атырған күшли жаўын-шашын ақыбетиндеги суў тасқынларында ҳүкиметтиң буйрығы менен 800 мың адам эвакуация етилген.

Ҳиндстанның арқа тәрепиндеги Уттар-Прадеш, Мадхя-Прадеш ҳәм Махараштра штатларында күшли жаўын-шашын 40 қа шамалас адамның өлимине себепши болған. 30 ға шамалас адам изсиз жоғалған. Соның ишинде, суў тасқынларында Мумбай, Тхана ҳәм Пуна қалаларындағы имарат дийўалларының қулап түсиўи ақыбетинде 25 адам қайтыс болған.

Монголияның Хэнтий провинциясында бақланып атырған күшли жаўын-шашынлар мәмлекеттиң халқы ушын қолайсызлықлар пайда етпекте. Жергиликли метеорология хызметиниң хабарына бола, аймақтағы бул қолайсыз климат шараяты 4-июль күнге шекем даўам етеди. 5-июль күни мәмлекетте орташа ҳаўаның температурасы 30 дәреже ыссы болыўы күтилмекте.

Зуҳра МИРЗАБОЕВА, ӨзА