Нөкис қаласында халқымыздың мақтанышына айланған спортшы, аўыр атлетика бойынша Өзбекистан сайланды командасы ағзасы, Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы Рустам Жаңабаевқа «Нексия» автомашинасы салтанатлы түрде тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов спортшының елимизде ҳәм халықаралық көлемде, Олимпиада ойынларында ерискен жетискенликлерине тоқтап өтип, оның алдағы ўақытларда буннан да бәлент шоққыларды ийелей бериўине тилеклеслик билдирди ҳәм талантлы спортшыға Өзбекистан Республикасы Президентиниң арнаўлы саўғасы – Нексия автомашинасы гилтин тапсырды.

Р.Жаңабаев 1993-жылы 25-августта Тақыятас қаласында туўылған.  2014-жылдан берли аўыр атлетика бойынша Өзбекистан сайланды командасы ағзасы, халықаралық дәрежедеги спорт шебери. Бирнеше мәрте Өзбекистан чемпионы, кубок беллесиўлери жеңимпазы ҳәм сыйлы орын ийеси. 2016-жылы декабрь айында Қатар мәмлекетиниң Доха қаласында өткерилген Азия кубогының алтын медаль ийеси, өткен жылы Рио-де-Жанейро қаласында (Бразилия) өткерилген жазғы Олимпиада ойынларында күшли алтылыққа кирген Рустам усы жылдың апрель айында Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында өткерилген Азия чемпионатында, сондай-ақ, усы жыл сентябрь айында усы қалада жабық имаратларда өткерилген V Азия ойынларында алтын медаллар менен сыйлықланды.

Илаж даўамында елимиздиң бирқатар спортшылары да сыйлықланды. Атап айтқанда, Муай-тай бойынша 2016-жыл 20-27-ноябрь күнлери Россияның Қазан қаласында өткерилген Жәҳән чемпионатының сыйлы 3-орын жеңимпазы Үббинияз Төрениязов, Еркин гүрес бойынша усы жылы сентябрь айында  Ашхабад қаласында жабық имаратларда өткерилген V Азия ойынларында 3-орын жеңимпазлары Дәўлетбийке Яхшимуратова ҳәм Севара Ешмуратоваларға ҳәм бул спортшылардың тренерлери – Аўыр атлетика бойынша Өзбекистан сайланды командасы тренери  Мансур Чашимов, Еркин гүрес бойынша тренер, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер Қутлымурат  Жуманов, Муайтай бойынша  тренер Дамир Хасанов, Кураш бойынша тренер Нөкисбай Данияровлар қымбат баҳалы телевизорлар менен сыйлықланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети баслығы Ғ.Байниязовлар қатнасты.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы