«Балалардың Библия, Таўрат ҳәм Қуранды оқыўы оларға тек пайдалы болады», деди Россия Президенти Владимир Путин Петербург халықаралық экономикалық форумы шеңберинде жәҳән ғалаба хабар қураллары басшылары менен ушырасыўда.

«Интерфакс»тың хабарына бола, балалар қайсы китапларды оқып ержеткени мақул, деген сораўға жуўап берип, Путин: «Муқаддес китаплар ер балалар ҳәм қыз балаларға да бирдей пайдалы, олар оқығанына әмел етсе, дүнья және де тынышырақ болады», деп атап өткен.

ӨзА