«Өзатом» агентлигиниң мәлимлеме хызмети берген хабарға бола, ол Жиззақ ўәлаятындағы Тузкон көли жақынындағы аймақ болып табылады.

2018-жылдың август айынан усы жылдың март айына шекем АЭС қурылысы ушын ажыратылған потенциаллы майданларда инженерлик-изертлеў жумысларының биринши басқышы әмелге асырылды. Оған бола Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларының Тўдакўл суў сақлағышы жақынында 4, Жиззақ ўәлаятындағы Тузкон көли әтирапында жайласқан 3 майданда илимий-әмелий жумыслар алып барылған.

Усы аймақларда алып барылған инженерлик-изертлеў жумыслары Өзбекстан ҳәм Россия мәмлекетлери арасында мәмлекетимизде атом электр станциясын қурыў бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы келисим ҳәм усы бирге ислесиў шеңберинде тастыйықланған «Жол картасы»ның орынланыўын тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли есапланады.

Ҳәзирги ўақытта бул майданды тастыйықлаў және лицензиялаў бағдарындағы жумыслардың екинши басқышы даўам етпекте.

Усы жылдың 17-май күни «Росатом» мәмлекетлик корпорациясының инженерлик бөлимине қараслы «Атомстройэкспорт» акционерлик жәмийети менен техникалық жойбарды ислеп шығыў ушын инженерлик-изертлеў жумысларын алып барыў бойынша шәртнамаға қол қойылды. Оған бола ҳәзир бағдарлама ислеп шығыў, хызметкерлер ҳәм техниканың бөлистирилиўи бойынша жумыслар баслап жиберилген.

Мағлыўмат орнында, АЭС қурылысы бойынша майдан таңлап алынғаны  бойынша хабар Өзбекстан Республикасы аймағында АЭС қурылысын әмелге асырыў жойбарын  қадағалаўшы республикалық жумысшы топарының қоспа мәжилиси ҳәм Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги жанындағы Атом энергетикасын раўажландырыў агентлигиниң илимий-техникалық ҳәм экспертлик кеңеси қарары, сондай-ақ, қәнигелер ҳәм халықаралық экспертлердиң жуўмағына тийкарланған.

photo5442849485869918849.jpg

photo5442849485869918850.jpg

photo5442849485869918851.jpg

Насиба Зиёдуллаева,

ӨзАның хабаршысы