Бүгин, 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстанның барлық аймақларында байрам сейиллери болып өтпекте.
Усындай сейиллердиң бири пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Әмир Темур» дем алыў бағында өткерилмекте.
Төменде сиз усы жерде өткерилип атырған байрам сейилинен фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин.
Фотолар авторы: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.