Усы жылдың 25-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Халықаралық Арал бойы инновациялық орайына Японияның OYO корпорациясы ўәкиллери Казухиро Азами ҳәм Сунао Обояши келди. Бул ҳаққында «Xabar.uz» басылымы хабар берди.
OYO экологиялық, тәбийғый апатшылықлар себепли жер бети ҳәм жер астында жүз берген унамсыз өзгерислерди үйрениў, баҳалаў және сапластырыў бойынша жумыс алып баратуғын ири корпорация болып, геологиялық изертлеўлерге тийкарланған жойбарларының нәтийжелилиги менен айырықша ажыралып турады.
Корпорация ўәкиллериниң республикамызға сапары даўамында Халықаралық Арал бойы инновациялық орайы, OYO корпорациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы илимий изертлеў институты арасында меморандумға қол қойылды. Ҳүжжет тийкарында, OYO корпорациясы менен биргеликте жергиликли шийки заттан шөл өсимликлерин жетистириў ушын инкубатор-блокларды таярлаў алдынғы технологиясын енгизиўге келисилди.
Блок-инкубаторларды таярлаў бойынша жумыслар «Мойнақ» илимий-өндирислик участкасында басланды. Казухиро Азами ҳәм Сунао Обояши қатнасыўында 25-майдан 2-июньға шекем болған дәўирде жабық тамырлы системада сексеўил жетистириў технологиясы бойынша 3000 дана блок-инкубаторларда жетистирилген сексеўил нәллери Арал теңизиниң қурыған ултанының белгили бир участкаларына егиледи.
OYO корпорациясы ўәкиллери Халықаралық Арал бойы инновациялық орайы жанындағы «Мойнақ» илимий-өндирислик участкасының жумыслары менен танысты. Ҳәзирги ўақытта мийманлар усы участкада жетистирилип атырған өсимлик түрлерин жетистириў ҳәм оларды тәрбиялаў илажларында белсене қатнаспақта. Казухиро Азами ҳәм Сунао Обояши быйылғы жылдың 2-июнына шекем блок-инкубаторларды орналастырыў бойынша илимий тәжирийбелер өткерилетуғын майданларды үйренип, OYO корпорациясы тәрепинен әмелге асырылған, санаатластырыў ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў себепли жүз берген социаллық ҳәм экологиялық машқалаларға бағдарланған жойбарлардан алынған жуўмақлар тийкарында әмелий-консультативлик жумысларды алып бармақта.
Қурып қалған Арал теңизиниң түбине сапар еткен япониялы қәнигелер блок-инкубаторларда жетистирилген нәллерди усы жерлерге егиў имканиятларын үйренди, дәслепки жуўмақларын берди. Нәтийжеде тәжирийбе тәризинде шөл өсимликлери түрлерин қайта егиў ушын майданлар анықланды. Корпорация ўәкиллери Халықаралық Арал бойы инновациялық орайының Нөкис ҳәм Мойнақ филиалларында өз жумысларын даўам еттирмекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.