Бурынырақ ғалаба хабар қуралларында хабар берилгениндей, Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы директоры Ботир Қудратходжаев Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларында көшпели қабыллаў өткерди.

Атап айтқанда, усы жылдың 1-апрель күни Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районындағы 10-санлы музыика мектеби имаратында Қоңырат, Қанлыкөл, Мойнақ ҳәм Шоманай районлары халқы ушын көшпели қабыллаў өткерди.

Ушырасыўда Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басшылары ҳәм райондағы уйымлардың жуўапкерлери қатнасты.

photo5265085715815967405.jpg

Көшпели қабыллаў даўамында 11 пуқараның мүрәжаты тыңланды. Олар тийкарынан табийғый газ ҳәм электр энергиясына жалғаныў, алимент напақасы, сондай-ақ, кәрхана ҳәм мәкемелерден мийнет ҳақыларын өндирип бериў менен байланыслы.

Барлық мәселелер бирме-бир тыңланып, олардың шешими бойынша жуўапкерлер бириктирилди.

Мағлыўмат ушын, Бюро директоры Б.Қудратходжаев 4-апрельге шекем Қарақалпақстан Республикасының және 3 аймағында көшпели қабыллаў өткереди.

Усы көшпели қабыллаўлар нәтийжеси бойынша хабарлар берип барылады.

 

Бас прокуратура жанындағы

Мәжбурий орынлаў бюросының

Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы

ӨзА