2019-жыл 16-мартта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 222-санлы «Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыўды және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Усы қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша төлемлер кепиллиги фондының «Онлайн тәртипте ислейтуғын Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў (ТқИПЖМқ) бойынша бирлестирилген информациялық системасын ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў ҳаққында»ғы усынысы қоллап-қуўатланды.
– Сондай-ақ усы қарар менен қамсызландырыў бойынша төлемлерди кепиллеў Фондына бир қатар ўазыйпалар белгиленди,- дейди «КАФОЛАТ қамсызландырыў компаниясы» АЖ Қарақалпақстан Республикасы филиалы директорының орынбасары С.Байболов.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қаржы министрлиги жанындағы бюжетдан тысқары Пенсия фонды ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай муддетте қамсызландырыў сыры хаққындағы нызамшылықта белгиленген талапларға қатаң бойсынған ҳалда уйымлараралық электрон байланыс системасы бойынша техникалық тапсырманың ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленди.
Бирлестирилген информациялық системаны жаратыўды қаржыландырыў дәреги Фонд дәраматлары болып есапланады.
Усы қарар күшке кирген күннен баслап мәжбурий қамсызландырыў бойынша полислериниң жаңа үлгидеги бланкалары қатнасыққа киргизиледи.
Бунда бурын берилген әмелдеги мәжбурий қамсызландырыў бойынша полислериниң әмел етиў мүддети тамамланғанға шекем ҳақыйқый есапланады.
Усы қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен соң, яғный, 2019-жылдың 16-июнь күнинен күшке киреди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 24-июндеги «Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Нызамын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бир қатар өзгерислер киргизилди.
Яғный, транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў суммасы – 40 миллион сум муғдарында етип (ҳәзирги ўақытта 12 миллион сум) белгиленди. Бунда компенсациялық төлем – жәбирлениўши қатнасындағы жол-транспорт ҳәдийсеси күнинде белгиленген қамсызландырыў суммасынан көп болмаған муғдарда белгиленген.
Фондтың аты мәмлекетлик тилде, «Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша төлемлерди кепиллеў фонды», деп аталатуғын болды.
Қағыйданың 20-бәнтинде «Мәжбүрий қамсызландырыў бойынша жумыс алып баратуғын қамсызландырыў шөлкемлери Фонд пенен жазба келисим дүзиў ушын Фондқа арза, белгиленген муғдарда төлем төленгенлигин тастыйықлайтуғын төлем көрсетпеси нусқасын усыныўы шәрт» деп белгиленген.
Усы қағыйданың 31-бәнтинде Фондтың атқарыўшы уйымы ҳәм оның ўазыйпалары да белгиленген.
Өз гезегинде Өзбекстан Республикасында мәжбүрий қамсызландырыўды әмелге асырыўшы қамсызландырыў шөлкемлери қатарында «КАФОЛАТ қамсызландырыў компаниясы» АЖ Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен өткен жылдың жуўмақлары бойынша қамсызланыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға 67 600 917 сум муғдарында қамсызландырыў төлемлери төлеп берилиўи арқалы олардың материаллық мәплери қорғалыўына ерисилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.