Ташкентте усы мәселеде халықаралық дөгерек сәўбети болып өтпекте. Бул ҳаққында ӨзА хабар етеди.
Илажға елимиз ҳәм Европа Аўқамының академиклери ҳәм таллаў орайларының экспертлери, мәмлекетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, журналистлер қатнаспақта.
Дөгерек сәўбетинде Орайлық Азия алға қойып атырған регионаллық ҳәм трансконтинентал басламалар, атап айтқанда, Европа Аўқамының регион бойынша жаңа стратегиясы, Өзбекстан жүргизип атырған сыртқы сиясаттың перспективалары сыяқлы мәселелер додаланбақта.
Күн тәртибинен елимиз ҳәм Европа Аўқамының транспорт байланыслары ҳәм саўда тараўында бирге ислесиўин раўажландырыўдың жаңа имканиятлары, инвестициялық бирге ислесиўге байланыслы мәселелер орын алған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги