Усы жыл 27-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма бесинши сессиясы болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, министрликлер менен уйымлардың, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары ўақтында белгилеп берген ўазыйпалары кең көлемли дөретиўшилик жумысларға руўхландырмақта. Әсиресе, Мойнақ районының халқы ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў, Арал теңизи әтирапында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша көрсетпелери турмысымызда жүз берип атырған тарийхый ўақыялардың тийкарына айланбақта. Нәтийжеде, Мойнақ районын комплексли раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама қабыл етилди.
Усы бағдарлама тийкарында 2019-2021-жылларда жәми 1 триллион 485 миллиард сумлық қурылыс ҳәм реконструкция жумысларын алып барыў режелестирилди. Быйылғы жылдың өзинде 622 миллиард сумлық жумысларды алып барыў белгиленген болса, соннан бүгинги күнге 40 социаллық объектте қурылыс-оңлаў, 20 көп қабатлы турақ жайда қурылыс жумыслары жүргизилмекте.
Арал теңизиниң суўсыз қалған ултанында быйылғы жылдың өзинде 419 мың гектардан зыят майданға сексеўил егилди. Қуўанышлы тәрепи, дәслепки егилгенлери бир тегис көгерип шықпақта.
Соның менен бир қатарда, Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек, Кегейли ҳәм Тахтакөпир районлары ҳәкимлериниң экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы енгизилди. Президентимиздиң тапсырмасы менен Қанлыкөл районында да қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди. Бүгинги күни бул жумысларға жәми 90 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылмақта. Соның менен бирге, районда коммерциялық банклер тәрепинен 13 турақ жай қурыў режелестирилмекте.
Санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары экономикамызды буннан былай да беккемлеўде айрықша орын ийелейди. Мине усы тараўларда
2019-2021-жылларда жәми 11 триллион 283 миллиард сумлық 793 жойбарды әмелге асырыў жумыслары баслап жиберилди. Соның ишинде, Қытай, Корея ҳәм Япония мәмлекетлериндеги елшилер менен биргеликте инвестициялар алып келиў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Қытай инвесторлары менен биргеликте Нөкис қаласында 60 миллион долларлық алюминий фольгасын ислеп шығаратуғын, «Нөкис текстил» кәрханасында 5 миллион 800 мың долларлық ийирилген жип ҳәм таяр текстил өнимин, Мойнақ районында 25 миллион 500 мың долларлық қамысты қайта ислеў арқалы ДСП ислеп шығарыў режелестирилмекте. Корея инвесторлары менен биргеликте Қараөзек районында жойбар баҳасы 400 миллион долларлық цемент заводын, Нөкис қаласында 100 миллион долларлық лак-бояў заводын қурыў, Япония инвесторлары менен биргеликте Қоңырат районында боян тамырын қайта ислейтуғын баҳасы 1 миллион долларлық жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.
Аралбойы қорының есабынан 153 объектте 157,7 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, быйылғы жылы усы қордың қаржылары есабынан ишимлик суў тәмийнаты аўыр болған районларға қосымша 28 миллиард сум қаржы ажыратыў, 2019-2020-жылларда Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районларының орайларында жәми 21,5 миллиард сумлық 17,6 километр узынлықтағы ақаба суў тармағын қурыў, Азия раўажландырыў банкиниң қатнасында Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Нөкис районларында 172 миллион долларлық 1200 километрден аслам ишимлик суў тәмийнаты системаларын қурыў ҳәм реконструкциялаў, 2019-2022-жылларда қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың майданын 3 миллион гектарға жеткериў жумыслары алып барылмақта.
Быйылғы жылы «Шымбай автотранс» кәрханасы тәрепинен жеңилликли кредит есабынан 100 дана «Исузу» автобусы алып келинди. 2019-2020-жылларда Елликқала ҳәм Нөкис районларында жәми 2000 гектарда жаңадан жүзимзарлық жаратыў, Төрткүл районында 1,5 миллион долларлық наўқан қуртының туқымын жетистириўге қәнигелестирилген кәрхана шөлкемлестириў, Елликқала районында «Бостан силк» кәрханасында пиллени қайта ислеўди жолға қойыў сыяқлы кең көлемли жумыслар даўам етпекте.
Президентимиздиң тиккелей басламасы менен Нөкис қаласында «Президент мектеби»ниң қурылыс жумыслары алып барылып, оны белгиленген мүддетинде тапсырыў ушын жергиликли бюджеттен 54 миллиард сум қаржы ажыратылмақта. Нөкис қаласында 3 жоқары оқыў орнының филиалын ашыў режелестирилип, соннан бүгинги күнге Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң, Самарқанд ветеринария медицинасы институтының филиаллары ашылған болса, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының филиалы 2019-2020-оқыў жылынан баслап ашылады.
Социаллық тараўда алып барылып атырған кең көлемли реформалар халқымыздың турмыстан разы болып жасаўына, перзентлеримиздиң кәмил инсанлар болып жетилисиўи жолындағы ийгиликли мақсетлерге хызмет етпекте. Буның әмелий көриниси сыпатында быйылғы жылы социаллық жәрдемге мүтәж 112 шаңараққа 9 миллиард сумлық турақ жайдың бийпул берилиўи режелестирилмекте. Соның ишинде, жақында ғана 54 пуқараға 4 миллиард сумлық турақ жай тапсырылды. Быйылғы жылы 54 социаллық объектте 185 миллиард сумлық қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Соның ишинде, 19 улыўма билим бериў мектебинде, 4 Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде, 18 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, 11 денсаўлықты сақлаў объектинде қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, тараўда жергиликли бюджет есабынан 290 миллиард сумлық реконструкция ҳәм оңлаў жумыслары нәзерде тутылмақта.
Сессияда «Пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы С.Турманов баянат жасады. Бул мәселе бойынша Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық Кеңес баслығының биринши орынбасары Т.Романов шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Буннан кейин, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар мәселелери комитетин дүзиў ҳаққында мәселе көрип шығылды. Бул комитетти дүзиўдеги тийкарғы мақсет, бюджет түсимлерин буннан былай да көбейтиў бойынша Президентимиздиң тапсырмаларының сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў, быйылғы жылы жаңадан қабыл етилген Салық сиясаты концепциясын әмелге асырыў, исбилерменлерге барлық қолайлы шараятларды жаратып бериў болып табылады. Депутатлар бул мәселени көрип шығып, тийисли қарар қабыл етти.
Жаңадан комитет дүзилиўине байланыслы Жоқарғы Кеңес комитетлериниң қурамына өзгерис және қосымшалар киргизиў зәрүрлиги пайда болды. Сонлықтанда сессияда «Жоқарғы Кеңестиң айырым комитетлери қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар мәселелери комитетинниң баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Усы комитеттиң баслығы лаўазымына 4-санлы «Ерназар Алакөз» сайлаў округинен депутат Халмурза Бекчановтың кандидатурасы усынылды ҳәм ол усы комитеттиң баслығы болып сайланды.
Буннан кейин өткен жылдың жуўмақлары ҳәм быйылғы жылға белгиленген ең әҳмийетли ўазыйпалар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов баянат жасады. Бул бойынша Мойнақ районының ҳәкими С.Данияров шығып сөйледи. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Сессияның күн тәртибинде норма дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты тараўында өткен жыл даўамында исленген жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Худайбергенов мәлимлеме берди. Бул бойынша Шымбай районының ҳәкими П.Ещанов шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сондай-ақ Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен өткен жыл даўамында алып барылған жумыслар бойынша усы комитеттиң баслығы Т.Хожаназаров баянат жасады. Усы мәселе бойынша депутат А.Юлдашев шығып сөйледи ҳәм депутатлар бул бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Буннан кейин сессияда Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы тәрепинен өткен жылы әмелге асырылған жумыслар бойынша Б.Алланиязовтың мәлимлемеси тыңланды. Бул бойынша Беруний районының ҳәкими А.Сапарбаев өз пикирлерин билдирди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.