Министрлер Кабинетине Бас министр басшылық етеди ҳәм өз жумысында Президент ҳәм Олий Мажлис алдында жуўапкер болып есапланады.

 Ҳүкимет қарарлары менен Министрлер Кабинетиниң Регламенти (242-санлы 22.03.2019) ҳәм Министрлер Кабинетиниң аппараты ҳаққындағы реже (245-санлы 25.03.2019) тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Бул ҳүжжетлер Министрлер Кабинетиниң жумысын шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.

Бар кемшиликлерди сапластырыў, сондай-ақ, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген тийкарғы принципти өз ўақтында, анық ҳәм толық көлемде әмелге асырыў Аппараттың тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Аппараттың тийкарғы ўазыйпалары ҳәр жылы Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжатынан келип шыққан ҳалда да белгиленеди.

Министрлер Кабинетине Бас министр басшылық етеди ҳәм өз жумысында Президент және Олий Мажлис алдында жуўапкер болып есапланады.

Бас министр мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырады ҳәм жүзеге келген келиспеўшиликлер бойынша келисилген қарарлар қабыл етеди.

Министрлер Кабинети аппараты ҳәм оның структуралық бөлимлери жумысының тийкарғы бағдарларын, ўазыйпаларын, функцияларын, ҳуқық және жуўапкершилигин, сондай-ақ, жумысын шөлкемлестириў тәртиби Ҳүкимет қарарлары менен тастыйықланған режелер менен белгиленеди.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер өз жумысын Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын ис режелери тийкарында шөлкемлестиреди.

Министрлер Кабинетиниң нормативлик-ҳуқықый болып есапланған ҳүжжетлери қарарлар түринде, оператив ҳәм басқа да усындай мәселелер бойынша ҳүжжетлери бийликлер түринде қабыл етиледи.

Президент ҳәм Министрлери Кабинетиниң исбилерменлик жумысына байланыслы ҳүжжетлери додаланыўы және белгиленген тәртипте исбилерменлик жумысына тәсири баҳаланыўы керек.

Президент ҳүжжетлериниң  жойбарлары ҳәм келисиў ушын Президент Администрациясына жиберилген Ҳүкимет ҳүжжетлериниң жойбарлары Ҳүкимет тәрепинен ҳәр ҳәпте, ҳәр ай ҳәм ҳәр шеректе толық үйрениледи.

Сондай-ақ, Регламентте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын келисиў, Министрлер Кабинетине киргизиў, қабыл етилген ҳүжжетлерди дизимнен өткериў, жибериў, жәриялаў ҳәм орынлаўшыларға жеткериў тәртиби белгиленген.

ӨзА