Бул таңлаў Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма билим бериў мәкемелериниң оқытыўшылары арасында дәстүрий түрде өткериледи. Усы жылы да «Жылдың ең жақсы пән оқытыўшысы – 2019» республикалық таңлаўына старт берилди.
Шөлкемлестириўшилер тәрепинен ашық-айдынлықты өтиўин тәмийинлеў ҳәм кең жәмийетшиликти процесске тартыў мақсетинде таңлаў режесине бир қатар өзгерислер киргизилди. Оған бола, жоқары мағлыўматлы, кеминде 3 (үш) жыллық педагогикалық стажға ийе болған оқытыўшылар таңлаўда қатнасады. Қатнасыўшылар усы жылдың 18-мартынан 5-апрелине шекем Халық билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында шөлкемлестирилген бетте онлайн дизимнен өтеди.
Сондай-ақ, ҳүжжетлер саны 10 нан 5 ке шекем қысқартылды ҳәм ҳәммеси электрон түрге өткерилди. Шәртлер 5 тен 3 ке шекем қысқартылды. Танлаўды әдил түрде өткериў ушын төрешилер ағзасы қурамына барлық аймақлардан тең муғдарда ўәкил алынады.
Таңлаўдың республикалық басқышының жеңимпазлары сәйкес түрде ең кем мийнет ҳақының 15, 12, 8 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады. Әмелиятқа енгизилген бул өзгерислер өзин ақлайма? Таңлаў процесинде буны бақлаў ҳәм баҳалаў имканиятына ийе болыў мүмкин.
Барно Мелиқулова, ӨзА