Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Бас хаткери Владимир Норов шөлкемниң жумысы шеңберинде Иран Ислам Республикасы менен көп тармақлы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў мақсетинде екенин мәлим етти.

«Көплеген глобаллық ҳәм регионаллық мәселелерде Иранның шөлкем менен көзқараслары бирдей. Соны есапқа алған ҳалда, шөлкем Иран мәмлекети менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўди мақсет етпекте», дейди Владимир Норов.

Бас хаткер, сондай-ақ, шөлкемге ағза мәмлекетлерди Иран менен унамлы ҳәм дослық қатнаста болыўға шақырды.

2018-жылы шөлкем тәрепинен қабыл етилген Циндао декларациясында Иранның ядролық бағдарламасын тәртипке салыў бойынша дүзилген бирликтеги илажларды қоллап-қуўатлаў мәселеси айрықша  көрсетип өтилгенлигин атап өтти.

Зуҳра Мирзабоева,

ӨзА