Мәмлекетимизде заманагөй мәлимлеме-технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў, электрон мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң бир пүтин системасын жаратыў, мәмлекетлик уйымлардың халық пенен сәўбетлесиўдиң жаңа механизмине өтиў, раўажланған мәмлекетлердиң онлығына жақын жыллар ишинде кириў ушын жас кадрларды таярлаўда заманагөй педагогиканың орны айрықша. Бүгинги күнде мәлимлеме-коммуникация технологиялары турмысымыздың барлық тараўларына избе-из кирип баратырған бир ўақытта бир ғана билимлендириў тараўын компьютерлестириў ҳәм автоматластырыў, басқарыўда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў бойынша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, билимлендириў мәкемелериниң оқыў лаборатория ҳәм техникалық үскенелер, компьютерлер, мультимедиалы электрон ресурслар, электрон сабақлықлар және оқыў қолланбалары менен тәмийинленгенлиги, соның менен бирге, билимлендириў системасында аралықтан оқытыў ямаса заманагөй педагогиканың енгизилгенлиги буған айқын мысал бола алады.
Билимлендириў процесси дегенде, оқытыўшы ҳәм оқыўшының өз-ара қатнасындағы процесс көз алдымызға келеди. Буннан былай бул процесс электрон оқыў-методикалық комплекслер менен үйлесип бармақта. Бул процессте оқытыў оқыўшының көбирек ишки имканиятлары, интеллектуаллық потенциалы, мәлимлемени қабыл етиў және өзлестириў өзгешеликлерине тиккелей байланыслы.
Усы жерде итибарымызды заманагөй педагогикада мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланыў усылы, яғный, заманагөй билимниң бир түри, аралықтан оқытыўға қаратсақ. Демек, аралықтан оқытыў деген не? Ол қандай қолайлықларға ийе?
Аралықтан оқытыў – бул бир орында турып, қандай ўақыт болыўына қарамастан, жеке реже тийкарында оқыў ҳәм де билим алыў процеси болып есапланады. Аралықтан оқытыў дегенде мәлимлемелерди аралықтан алмасыў қуралларына тийкарланған, яғный, (жасалма телевидение, радио, компьютерлер байланысы ҳәм тағы басқа да) арнаўлы мәлимлеме орталығы жәрдеминде республикамызда яки сырт елдеги халықтың кең қатламларына көрсетилетуғын билим алыў орталығы түсиниледи. Бундай билим алыў түри батыс еллеринде әдеттеги түске енди. Ҳәзирги күнде ҳәр бир жоқары абырайға ийе университет, әне, усындай аралықтан оқытыў системасына ийе. Билим аыўдың бундай түрин «Заманагөй педагогиканың жаңа түри» деп айтсақ қәтелеспеймиз.
Аралықтан оқытыў заманагөй педагогикалық технология көплеген қолайлылықларға ийе. Соның ишинде, өндиристен ажыралмаған ҳалда билим алыў, студенттиң билим алыў процесиндеги еркинлиги, билимлендириўдиң экономикалық нәтийжелилиги, оқыў барысында аудио-видео, анимация, графика тийкарында билим бериў нәтийжесинде оқыўшының өзлестириў қәбилетиниң жоқары көрсеткишке ийе болыўы, билимлердиң әдил баҳаланыўы, теорияны әмелият пенен салыстырыў имканияты, дүньяның жетекши профессор-оқытыўшыларының пикирлеринен пайдаланыў ҳәм басқаларды өз ишине алады.
Тәлим-тәрбия процесинде оқытыўдың алдынғы усылларын енгизиў, сондай-ақ, аралықтан турып оқытыўдың нәтийжелилигин арттырыў, жаңа педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў және оларды нәтийжели қолланыўды шөлкемлестириў бағдарында республикамызда да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Елимизде педагогиканың бул түрин кеңнен ен жайдырыўға үлкен итибар қаратылып, билимлендириў мәкемелери бул процессте белсене қәдемлер тасламақта. Көпшилик буны сыртқы билимлендириўдиң жаңа бир түри деп есаплайды. Белгили дәрежеде бул солай деп те айтылады. Себеби, бүгинги күнде дүньяда аралықтан оқытыў бойынша билим алып атырған студентлер ҳәм оннан пайдаланыўшылардың саны күн сайын артып бармақта. Аралықтан оқытыў үзликсиз билимлендириў усылларының бири есапланады, инсанның билим алыўы ушын мәлимлемелерден пайдаланыў ҳуқықын әмелге асырыўға бағдарланған. Бул бағдарламаның мазмуны әне усы аралықтан оқытыў және заманагөй педагогика ҳәм мәлимлеме технологияларының бирден-бир ажыралмас бөлеги. Оқытыўдың жаңа усылын қадағалаў усылы сыпатында аралықтан оқытыў ушын дүзилген имтихан, сөйлесиўлер, курс ҳәм жойбарлаў жумыслары, компьютерли интеллектуал тест системасы кеңнен пайдаланылады.
Елимизде аралықтан оқытыўға бағдарланған видеоконференция усылы кеңнен тарқалған. Буны биз тек бир ғана Муҳаммед-ал Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети (ТИТУ) ҳәм оның Нөкис, Ферғана, Қаршы, Самарқанд, Үргенш филиаллары арасындағы тиккелей сабақ өтиў видеоконференциялар мысалында да көриўимиз мүмкин. ТИТУ ниң Нөкис филиалында бул процесс 2011-жылдың апрель айынан баслап жолға қойылып, бүгинги күнге шекем филиал студентлери профессор-оқытыўшылардан, қәнигелерден мәлимлеме технологиялары тараўындағы әҳмийетли темалардан дүзилген лекциялардан хабардар болыўы менен биргеликте, ўәлаятларда билим алып атырған өз заманласлары менен тарўға байланыслы өзлериниң пикир-усыныслары билдирип, өз-ара тәжирийбе алмаспақта. Бул болса өз гезегинде студент жаслардың билим алыўға болған интасын арттырыўға, сондай-ақ, дүнья қарасының кеңейиўине хызмет етеди.
Заманагөй билим системасын Жоқары оқыў орынлары менен бир қатарда кәсип-өнер колледжлери, академиялық лицей ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде де оқытыў жолға қойылса мақсетке муўапық болар еди. Бизге белгили, алыс аўылларымызда усы пәнлер бойынша қәнигелер жетерли емес. Егер алыс аўылларымызда билим алып атырған келешегимиз болған жас әўладты маман қәнигелерден билим алыўы, қалаберсе заманласлары менен үзликсиз байланыста болыўын тәмийинлесек, биз ертеңги күнде интеллектуал қәбилетли, жоқары мәнаўиятлы, заман менен тең қәдем таслайтуғын бәркамал әўладлар болып жетилисиўине тийкар жаратқан боламыз. Бүгинги күн бәршемизден дүнья стандартларына сай түрде билимли, ҳәр тәреплеме шаққан және кәмил инсанлар болыўымызды талап етпекте. Солай екен, ҳәр биримиз заманға сай болыўымыз және раўажланыўларға қарай исенимли қәдем таслаўымыз тийис.
ТИТУ Нөкис филиалы
директоры Б.Т.Қайыпбергенов (т.и.д.),
А.М.Тумаева (магистрант)
Қарақалпақстан хабар агентлиги