USUR Technical Textile & Investment компаниясы Kun.uz сайтына ишки ислер уйымлары хызметкерлери ушын таярланған жаңа формалар каталогын усынды.

Компания ўәкили Ойбек Қурбановтың айтыўынша, жаңа формалар дизайни Ишки ислер министрлиги менен биргеликте ислеп шығылған.

– 2017-жылы Өзбекстанда ишки ислер уйымлары хызметкерлери ушын жаңа көринистеги формалар таярлаў талабы пайда болды. Түркия президентиниң Өзбекстанға сапарынан соң Өзбекстан бул бойынша жойбарда сырт елли бирге ислесиўши сыпатында усы компанияны сайлаған еди. Компанияны көп жерлерде жақсы биледи. Дизайнерлер НАСА ушын да формалар таярлайды, – деп айтып өткен Ойбек Қурбанов.

Оның атап өтиўинше, дизайн ислеп шығылыўында ҳәм миллий, ҳәм халықаралық стандартлар есапқа алынған.

Дизайнерлер классикалық, офис ушын, камуфуляж ҳәм дала аймағы ушын хызмет формаларын (мәўсимлер ушын айырықша) таярлаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги