UzCard системада жүз бериўи мүмкин болған насазлықлар ҳаққында ескертти. Бул ҳаққында компания баспасөз хызмети «Дарё»ға хабар берди.

Атап өтилиўинше, байрамлардан алдын транзакциялар саны бир неше мәрте көбейген ҳәм айырым терминалларда ўақты-ўақты менен насазлықлар бақланып, транзакциялар әстелести. Үзилислер еки-үш саат ишинде бақланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги