Жарыслардың женимпазлары жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз оқыўға қабыл етиледи.

Ҳүкимет қарары менен Халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалар, таңлаўлар, жарыс женимпазлары болған академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшыларын сыйлықлаў тәртиби ҳаққындағы режеге қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Киргизилген қосымшаларға муўапық, спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери, автомобиль және мотоцикл спорты, спорттың авиамодель ҳәм ракетамодель бойынша республикалық жарысларда биринши, халықаралық жарысларда биринши, екинши, үшинши орынларды ийелеген оқыўшылар жоқары жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз және қосымша имтиханларсыз оқыўға қабыл етиледи.

Буннан алдын бул жеңиллик тек ғана спорттың олимпиада түрлери, «Кураш» миллий спорт түри, шахмат, шашка бойынша жарыс женимпазларына берилген.

ӨзА