Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң рус тили қәнигелиги магистранты, Өзбекистан Республикасы Президенти стипендиаты Айсултан  Бектурсинова 14-22-октябрь күнлери Россия Федерациясының Адлер районында өткерилген XIX дүнья жүзлилик студентлер ҳәм жаслар фестивалына қатнасып қайтты.

Фестивальға 185 мәмлекеттен 25 мыңнан аслам жаслар, 5 мыңнан аслам волонтёрлар қатнасты. Өзбекистаннан 47 студент жаслар рәсмий түрде, және 50 ге шамалас жаслар өзлериниң жеке интасы менен қатнасты.

Фестиваль қытай, рус, инглис, француз, араб ҳәм испан тиллеринде алып барылды. Онда ҳәр бир миллет ўәкиллери тәрепинен өзлериниң мәденият ҳәм көркем өнерин көрсетиўши экспо көргизбелери шөлкемлеcтирилди. Фестивальда шеберлик сабақлары  өткерилип, онда спорт майданлары, «келешек китапхана»сы, архитектура, сүўрет салыў секциялары турақлы жумыс ислеп турды.

– Фестивальға билимлендириў ҳәм илим бағдары бойынша қатнастым. Бизиң тараўымызда дүнья жүзи жасларын қыйнап жүрген машқалалар бойынша пикир алысыўлар болды – дейди фестиваль қатнасыўшысы Айсултан Бектурсынова. Фестиваль қызықлы ҳәм мазмунлы өтти. Оның   ашылыў мәресимине Россия Федерациясының Президенти Владимир Путинниң қатнасыўы биз жасларда үлкен тәсир қалдырды. Буннан соң Россия Президентиниң илим ҳәм билимлендириў ислери бойынша Президенти жәрдемшиси Фурсенко, Россия сыртқы ислер министри Лавров, халықаралық спикер Ник Вуйчичлер өзлериниң тәжирийбелери  менен ортақласты.

Фестиваль дүнья жүзи жасларының бирлесиўине, олардың дослар арттырыўына ҳәм тәжирийбе алмасыўына хызмет етеди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги