Елимизде халықтың тыныш-татыўлығын тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-декабрьде «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Мине усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 25-февраль күни Нөкис районында «Пидайы жаслар» патрульлық топары дүзилди.
Бул топарға әскерий хызметке шақырылыўшылар, жоқары әскерий оқыў орынлары ҳәм ишки ислер уйымларына талабанлардан ибарат, 18 жастан 30 жасқа шекемги 58 белсенди жас ағза болды.
Топар ағзалары менен район аймағындағы жуўапкер мәкеме ҳәм шөлкем басшыларының қатнасыўында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда район ҳәкиминиң орынбасары М.Таджетов, Өзбекстан жаслар аўқамы районлық кеңесиниң баслығы Қ.Моятдинов ҳәм Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары У.Тилеўмуратовлар шығып сөйлеп, қарарыдың мазмун-мәниси ҳаққында кең түрде түсиник берип өтти.
Кеше соңында «Пидайы жаслар» патруль топарына арнаўлы форма тапсырылды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы