Соңғы ўақытлары ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда сырт ел сериаллары қызғын додалаўларға себеп болмақта. Биз сырт ел сериалларының эфирге берилиўи менен байланыслы мәселе бойынша жеке меншик телеканал ҳәм турли шөлкемлер ўәкиллериниң пикирлери менен қызықсындық.

 

Феруза Юсупова, «ZOR TV»  телеканалы редакторы:

-Бизиң телеканалымызда тек ғана үш сериал эфирге бериледи. Солардан екеўи тарийхый, биреўи жаза муддетин өтеп атырган ҳаяллар ҳаққында. Социаллық тармақларда телеканалларымызда тийкарынан түрк сериаллары берилип ҳәм олар жаслардың санасына кери тәсир етип атырғаны ҳаққында сын пикирлер билдирилип атыр. Биз де миллий сериалларды эфирге бериў тәрепдарымыз. Бирақ ҳәзирше талап дәрежесиндеги миллий сериаллар усыныс етилмеди. Сол себепли, сырт мәмлекетлер тәрепинен исленген киноларға мурәжат етемиз. Ең дәслеп тамашагөйдиң талабы үйренип шығылады. Биз ҳәмме ўақытта тамашагөйлердиң талабын мониториңг етип барамыз. Телеканалымыз ыкласбентлери көбирек түрк сериалларын талап етпекте.

193697-678x381.jpg

Соның менен бирге сериалдың Түркияда қандай жетискенликлерге ерискенин де есапқа аламыз. Таңланған сериал телеканалдың Көркемлик кеңесине тапсырылады. Көркемлик кеңестеги өз жумысының шебери болған ҳ қәниге сериал менен толык танысып шығып пикир билдиреди. Көркемлик кеңестиң ҳәр бир ағзасының пикири тынланып, соң бир шешимге келинеди. Рухсат берилсе, фильм дубляж процесинен кейин пардозланады. Яғный менталитетимизге жат тәреплери бар, қаҳарманлар суўық қураллардан жаўызларша пайдаланған кадрлар кесиледи, жаргон сөзлердиң орнына ҳәммеге түсиникли ҳәм унамсыз бояўы салыстырмалы түрде аз сөз қолланады. Бир сөз бенен айтқанда, елимиз тамашагөйлерине сәйкеслендириледи. Сериалдың ҳәр бир бөлими эфирге узатылыўдан алдын жуўапкер редактор тәрепинен және бир рет көрип шығылады.

«Абдулҳамид» ҳәм «Эртугрул» тарийхый сериалларына наразылық болған жоқ. Социаллық тармақларда тийкарынан «Ҳовли» сериалы додаланбақта. Усы фильмде ҳәр бир унамсыз жағдайдан соң лирикалық шегинис пенен сол ўақыяға тусиник бериледи. Қаҳарман қай жерде, қандай айып ислегени көрсетиледи. Ең әҳмийетлиси фильмниң соңында  философиялық жуўмақ бар. Барлық ўақыя соған қарап баратыр. Себеби онда жаманлық арқалы жақсылық улығланған. Жаслардың жаман жолға кирмеўи шаңараққа байланыслы екенлиги, керисинше жағдайда ақыбетинин не болатуғыны кейинги бөлимлерде белгили болады. Және бир мысал, «Гуллар изтироби»  сериалы бас қаҳарманының кеўлин   өш алыў сезими ийелеп алған еди. Сол себепли ол жалғызланып қалады. Бул сериал арқалы жақсылықтың жаманлықтан парқын көрсетилип берилген! Ҳәр қандай шығарма тек ғана унамлы қаҳарманлардан ибарат емес.

Бизлер машқаланы тереңирек үйрениўимиз керек. Ата-аналар балалары менен аз сәўбетлесип атыр. Оларға ақты қарадан ажыратыўды үйретпей атыр. Бир ҳаял қоңыраў етип, балам сериал қаҳарманы ислеген исти қайталап атыр, дейди. Сериалларда көриў жасы белгилеп қойылған ғо! Неге 16 жастан кишилерге айырым сериалларды көриўге рухсат береди?  Ата-ана перзентине унамсыз қаҳарман ҳаққында, оның әдепсизлигин түсиндирип бермей атыр. Егер шаңарақта саламат орталық болса, ҳеш қандай сериал олардың руўхый дүньясына унамсыз тәсир етпейди.

ӨзАның хабаршысы

Хуршид Кодиров

жазып алды

 

P\S: Бул тема бойынша Өзбекстан ҳаял-қызлар комитети, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы, шаңарақ илимий-изертлеў орайы, «Sevimli Tv» телеканалы, Өзбекстан мусылманлар мәкемеси Ташкент қалалық ўәкиллиги, Өзбекстан «Миллий Тикланиш» демократиялық партиясы ҳәм басқа да жуўапкер уйымлардың ўәкиллери өз мүнәсибетин билдирген. Сайтымызды бақлап барыўды даўам етиң.