Алдын хабар еткенимиздей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик мәсләҳәтшиси Т.Худойбергенов республикамыздың Әмиўдәрья районында болып, көшпели қабыллаў өткерген еди. Халық пенен ашықтан-ашық сәўбетлесиўден соң, машқалалар менен мүрәжат еткен көплеген пуқаралар қатары районның «Наўайы» ҳәм «Басув» мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары – еки майып ҳаялға да жәрдем қолы созылды.
1964-жылы туўылған 1-топар майыбы Д.Ибодуллаева ҳәм 1996-жылы туўылған 2- топар майыбы Ж.Каримоваларға тигиў машиналары алып берилип, «Ўзпахтасаноат» акционерлик компаниясының Пахтасанаат аймақлық филиалына қараслы болған пахта тазалаў заводы менен жумысты үйге алып ислеўге шәртнама дүзилди.
– Қызларымыздың екеўи де шаңарақ қура алмай, ата-анасы, апа-сиңлилери, келини менен жасап келмекте. Бул шаңарақлар кем тәмийинленген болғаны себепли Дәрманжан ҳәм Жулдыз руўзыгершиликке жәрдем болсын деп аянбай мийнет етпекте, – дейди районның ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова. – Биз де олардың жумысын өндириў мақсетинде буйыртпалар, гезлемелер жеткерип турмыз.
Бүгинги күнде олар заводқа күнине 300-400 фартук жеткерип бермекте.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар
агентлигиниң хабаршысы.