Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-февральдағы «Қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология жәрдемин көрсетиў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Денсаўлықты сақлаў министрлигине әҳмийетли тапсырмалар берилди.
Соның ишинде:
- иммунодиагностиканы өткериў мақсетинде 2019-жылдың 1-апрелине шекем туберкулёз кеселлигин жуқтырып алыў қәўпи жоқары болған шахслардың тийкарланған контингентин анықлаў;
- 2019-жылдың 1-майына шекем Республикалық қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медицина орайы ҳәм оның аймақлық орайларының жаңаланған шөлкемслестириўшилик-штат структураларын «Денсаўлықты сақлаў» тармағы бойынша нәзерде тутылған жыллық бюджет қаржылары шеңберинде тастыйықлаў;
- 2019-жылдың 1-майына шекем республика, ўәлаят ҳәм район (қала) көлеминде көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң көлемин, пульмонолог бөлмесин үскенелеў стандартларын, қәнигелердиң функционаллық ўазыйпаларын белгилеген халда пульмонология бөлимлери жумысын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын пульмонология бағдары бойынша медициналық жәрдем көрсетиў тәртибин тастыйықлаў;
- 2019-жылдың 1-июнине шекем Қаржы министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усы бәнттиң екинши хатбасында көрсетилген шахсларда анықланған латент туберкулёзин диагнозлаў ҳәм емлеў илажларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, бул илажларды қаржыландырыў дәреклерин анықлаў бойынша усыныслар киргизиў;
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажландырыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине үш ай мүддет ишинде сапалы диагнозлаў, туберкулёзге қарсы дәри ҳәм жеке қорғаў қуралларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша усыныслар киргизиў;
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте медициналық жоқары оқыў орынларының оқыў бағдарламаларын ҳәм жүклемелерин сын көз қарас пенен үйрениў нәтийжелери тийкарында медициналық жоқары оқыў орынларының «Фтизиатрия» кафедраларын «Фтизиатрия ҳәм пульмонология» кафедраларына қайта қәнигелестириў бойынша илажларды әмелге асырыў усылардың қатарына киреди.
ӨзА