«Тенгизшевройл» компаниясының жумысты бөлип алып ислеўши шөлкеминиң хызметкерлери Атырау ўәлаятындағы нефт-газ кәниндеги вахта қалашасында зәҳәрленди. Хабарларға қарағанда, олар аўқаттан зәҳәрленген.

Рәсмий «Казинформ» агентлигиниң мәлим етиўинше, 25 адам вахта посёлкасында кешки аўқатты жегеннен кейин өзлерин жаман сезе баслаған. Олар Қулсары қаласындағы районлық  емлеўханаға жатқарылды. «Биринши медициналық жәрдем көрсетилгеннен соң 21 адам амбулатор шарятында емлениўге жиберилди. Төрт адам емлеўханаға жатқарылды», деп агентлик ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармасына сүйенген ҳалда хабар береди.

Регионаллық «Ақ жайық» газетасының хабар бериўинше, зәҳәрлениў 8-февраль күни жазылған.  Районлық емлеўхананың бас шыпакери зәҳәрленгенлердиң жағдайын турақлы, деп баҳалады. Газетаның мәлим етиўинше, ғалаба зәҳәрлениў себеплери үйренилмекте.

 

Тенгиз –  нефть резерви бойынша Қарашығанақтан кейин Қазақстанда екинши орында турады. Тенгиз Каспий бойы нефтьгазнасос провинциясына қарайды. Кәнди қатнасыўшылары Chevron, ExxonMobil Kazakhstan Ventures Inc, Қазақстаннның «КазМунайГаз» миллий компаниясы ҳәм LUKArco болған «Тенгизшевройл» кәрханасы менен биргеликте өзлестиреди.

ӨзА