Соңғы төрт жыл адамзат тарийхында ең ыссы жыллар болып атап өтилди.
Жер шарындағы глобаллық ыссылық адамзат ушын қәўип туўдырып атырғаны тийкарғы машқалалардан бири болып есапланады. Жердиң орташа температурасының төмен дәрежеде артып баратырғаны, алдынғы жыллар менен салыстырғанда кем-кемнен төмен дәрежедеги көрсеткиш атап өтилип атырғаны илимпазларды үлкен тәшўишке салған.
Қәнигелердиң пикиринше, кейинги 100 жыл ишинде Жердиң орташа температурасы сезилерли дәрежеде артып бармақта. Өткен төрт жылда болса планетамызда ең ыссы климат бақланған.
Атап айтқанда, 2018-жылы Европа, Шығыс Азия мәмлекетлери, Жаңа Зеландия ҳәм Россияда рекорд дәрежедеги суў тасқынлары, өртлер келип шыққан.
Илимпазлар глобаллық ыссылықтың көтерилиўи нәтийжесинде адамзаттың жоқ болып кетиўи итималын ескертпекте.
Зуҳра Мирзабоева, ӨзА