Илим-техника, технологиялық ашылыўлар және де кеңейип баратырған ҳәзирги дәўирде радио адамзаттың күнделикли турмысының бир бөлегине айланған. Радио тыңлаўшыларды жаңалықлардан хабардар етиў, керекли мағлыўматларды жеткериў арқалы дүньяның көп санлы халқын бир шеңбер атырапында бирлестиреди.
Ең арзан ҳәм ғалабалық байланыс-мәлимлеме қуралы сыпатында радио жәмийеттиң барлық қатламы ўәкиллери ушын билимлендириў дәрежеси, расасы, жасы, материаллық жағдайына қарамастан оларға жәмийетшилик додалаўларында қатнасыў имканиятын береди.
Буннан 80 жыл бурын ойлап табылған радио байланыс қуралы жыллар даўамында және де жетилисип барды. Түрли ғалаба хабар қураллары тәсири астында бул байланыс-мәлимлеме қуралларының жаңа әўладлары компьютер, мобиль байланыс қуралы, планшетлер пайда болды.
Радионың адамзат турмысындағы әҳмийетин итибарға алған ҳалда, 13-февраль «БМШ радиосы» дүзилген күни мүнәсибети менен 2011-жыл ЮНЕСКО Бас конференциясы тәрепинен 13-февраль – Пүткил дүнья жүзилик радио күни, деп жәрияланды.
Әҳмийетли мәлимлеме қуралы сыпатында радио бүгинги күнде тек ғана мәлимлеме тарқатыў емес, ал руўхый-ағартыўшылық, кеўилашар, жәмийетлик пикирди қәлиплестириў сыяқлы ўазыйпаларды атқарып келмекте.
Күнниң жаңалықларын сәўлелендириўде ғалаба хабар қураллары арасында радионың әҳмийетин атап өтиў, жәмийет турмысында радионың дәрежесин арттырыў ҳәм жергиликли және халықаралық ғалаба хабар қураллары арасындағы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў мақсетинде жыллық календарь бетлеринде усы күн айрықша тарийхый сәне сыпатында белгиленген.
Ҳәр жылы Пүткил дүнья жузилик радио күни мүнәсибети менен дүньядағы 100 ден аслам мәмлекетте 500 ге шамалас илаж шөлкемлестириледи. Бул болса өз гезегинде усы күнди халықаралық көлемде кең белгиленетуғын сәнелер қатарынан орын алыўға тийкар жаратпақта.
Зуҳра Мирзабоева, ӨзА