«Аму ТВ» телеканалы көрсетиўлерин санлы эфир арқалы узатыў бойынша шөлкемлестириў ҳәм техникалық жумыслар әмелге асырылмақта. Бул ҳаққында Amunews.uz сайтының рәсмий телеграм каналы мәлим етти.

Усы мүнәсибет пенен телеканалдың аналоглы форматтағы көрсетиўлерин эфирге узатыў тоқтатылды. Санлы телевидениеге өтиў процеси табыслы жуўмақланғаннан соң, жақын ўақытлар ишинде «Аму ТВ» телеканалының көрсетиўлери санлы форматта (DVB-T2 стандарты) эфирге узатыла баслайды.

Хабарда жазыўынша, телеканал редакциясы өз жумысларын даўам еттирмекте. Телеканал көрсетиўлерин социаллық тармақлардағы рәсмий каналлар арқалы көриў мүмкиншилиги бар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги