14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласының И.Кәримов гүзары бойлап әскерий тараў хызметкерлериниң сап тартыў илажы болып өтти.

Әскерий тараў ўәкиллери пайтахтымыз орайындағы 55 метрлик бийиликтеги мәмлекетлик байрақлар алдына топланып, байрақ ҳаққындағы сап қосығын атқарды.

Төменде усы илаждан таярланған фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Фотолар авторы: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.