2019-жылы Өзбекстанда интернет тезлиги көбейе ме? ӨзАның бул сораўына информациялық технологиялар ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министриниң биринши орынбасары Олимжон Умаров жуўап берди.

Министр орынбасарына муўапық, 2016-жыл жуўмақлары бойынша Өзбекстанда 100 адамға туўра келетуғын сымлы кең полосалы тармақ пайдаланыўшыларының саны 9,1 ди қураған болса, бул көрсеткиш ҒМДА бойынша орташа 15,8 ди, дүнья бойынша 12,4 ти қураған. Ҳәр бир интернет пайдаланыўшысына туўра келетуғын жалғаныў тезлиги 5,7 кбит/секунд болса, ҒМДА бойынша орташа 59 кбит/секунд, дүнья бойынша болса орташа 74,5 кбит/секундты қураған.

Өткен еки жылдың ишинде «Халықаралық пакетли коммутациялық орайлар ҳәм мағлыўматлар узатыў тармақларын кеңейтиў» жойбары шеңберинде Халықаралық пакетли коммутациялық орайы (ХПКО) комплекси модернизацияланды ҳәм усы комплекстиң улыўмалық өткериўшеңлик қәбилети 10 есеге көбейтилип, 80 Гбит/секундтан 1200 Гбит/секундқа жеткерилди. Жәми 4500 километрден аслам оптикалық талшықлы байланыс линиялары ҳәм 6000 нан аслам мобиль байланыс базалық станциялары қурылды, сымлы кең полосалы тармақтың сыйымлылығы 283 000 портқа кеңейтилди, оператор ҳәм провайдерлер ушын сыртқы интернет баҳасы 91 АҚШ долларынан 10 АҚШ долларына шекем түсирилди.

Бул илажлар тек ғана телекоммуникация инфраструктурасының кеңейиўи, хызметлер сапасының жақсыланыўына емес, ал Өзбекстанның рейтинг көрсеткишлери жақсыланыўына да хызмет етеди.

Министрлик тәрепинен телекоммуникация хызметлери тезлиги ҳәм сапасын арттырыў, телекоммуникация инфраструктурасын жақсылаўға бағдарланған 2019-2023-жылларға арналған Миллий бағдарлама жойбары ислеп шығылған ҳәм ҳәзирги ўақытта келисиў процесинде.

 

Бағдарлама тийкарында:

120 000 километрден аслам оптикалық талшықлы байланыс линиялары қурылыўы;

6 000 нан аслам мобиль байланыс базалық станциялары қурылыўы;

Кең полосалы тармақ сыйымлылығы 1,5 миллион портқа кеңейтилиўи;

Мағлыўматларды сақлаў ҳәм қайта ислеў орайлары сыйымлылығының кеңейтилиўи ҳәм жаңаларының қурылыўы;

Сыртқы интернетке жалғаныў қәбилетин қосымша 10 есеге арттырыў;

Wi-Fi тармақларын кең енгизиўге бағдарланған илажлардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги