Қараөзек райондағы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 28 жыл  толыўы мүнәсибети менен әдебий кеше болып өтти.

Оған тийисли тараў қәнигелери, оқыўшы-жаслар қатнасты. Илажда  мәмлекетлик тилдиң жәмийеттеги әҳмийети ҳәм нызамшылық тийкарлары, сондай-ақ, тилимизди еле де раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтилди. Соның менен бирге, мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған Әлийшер Наўайы ҳәм басқа да уллы тулғалардың қәлемине тийисли қосықлар, ғәзеллер айтылып, сахналық көринислер қойып берилди.

– Октябрь айы өзбек тили пән айлығы сыпатында белгиленип,  мектебимиз  бул пәннен шеберлик мектеби болған соң, айрықша таярлық ҳәм жоқары көтериңкилик рухында өткериўге кеўил бөлинди, – дейди райондағы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң өзбек тили пәни оқытыўшысы Маржан Қайыпова. – Айлық шеңберинде оқытыўшыларымыздың ашық сабақлары, класстан тыс жумыслар,  ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер, әдебий кешелер өткериў белгиленген.

Илаж соңында оқытыўшылар ҳәм белсенди оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги