«Coscom» мобиль байланыс операторына («Ucell») ийелик еткен «Telia Company» швед-фин компаниясы өзиниң барлық үлесин (акцияларының 94 проценти) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бәсеки комитетине сатты. Компания пресс-релизинде «Ucell»ди 215 миллион долларға сатыў есабынан усы күнге шекем қәлиплескен ески миннетлемелер сақланып қалып атырғаны мәлим етилген, деп жазады Kun.uz.

Хабарларға қарағанда, мобиль операторына буннан былай «UzMobile» миллий мобиль байланыс операторының бурынғы бас директоры Владимир Кравченко бас директор болған.

Мағлыўмат ушын, 2007-жылдың июль айында «Telia» (сол ўақытта «Telia Sonera») «Coscom»ның тийкарғы акционерине айланған еди. 2008-жылы болса оператор «Ucell» бренди астында жумыс баслаған еди. Компанияда 1250 адамға шамалас хызметкер жумыс ислемекте. Абонентлер саны 7 миллионға шамаласты қурайды.

«Telia» ГМДА ҳәм Орайлық Азия базарынан кетиўи алдын белгили болған еди. 2017-жылдың октябрь айында «Telia Company» телекоммуникациялық холдинги россиялы миллиардер Алишер Усмановтың «USM Holdings» компаниясы қадағалап отыратуғын байланыс операторы «Мегафон»дағы акцияларын сатқан еди. 2018-жылдың февраль айында болса Қазақстанда жумыс алып барған «Kcell» «Казахтелеком»ға сатып жиберилген еди.

Соны атап өтиў керек, 2017-жылы «Telia» АҚШ Әдиллик министрлигине Өзбекстандағы коррупциялық жумысы бойынша дерлик 1 миллиард доллар (965 миллион доллар) төлеген еди. Буған «Telia Sonera» 2007-2010-жыллары Өзбекстан базарына кириў ушын дерлик 300 миллион доллар пара бергени себеп болған еди (журналистлер 2012-жылы усы мағлыўматты анықлаған ҳәм ақыбетинде компания өз айыбын тән алған еди).

Еслетип өтемиз, усы жылдың ноябринде UMS мобиль операторының 100 процентлик мәмлекетлик үлеси «Санлы исеним» қорына берилген еди.

Буннан былай Өзбекстан мобиль байланыс базарында тек ғана бир мәмлекетлик емес оператор – «Beeline» қалды. «Uzmobile»ға қосылып «UMS» ҳәм «Ucell» мобиль операторлары да мәмлекетлик компанияларға айланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги