Жақында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Мәмлекет экономикасының стратегиялық тармағы: туризмниң бүгинги күндеги жағдайы ҳәм оны раўажландырыўдың миллий және халықаралық тәжирийбеси» атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Онда партиядан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, «Өнермент» Ассоциациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Нөкис темир жол вокзалы менен халықаралық аэропорты, И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм басқа да музейлердиң ўәкиллери қатнасты.
Президентимиздиң 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының туризм тараўын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм 2017-жылы 16-августтағы «2018-2019-жылларда туризм тараўын раўажландырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм әмелге асырылған жумысларды додалаў мақсетинде өткерилген илажда сөзге шыққанлар республикамызда жаңа жумыс орынларын жаратыў, аймақларды жедел раўажландырыў, валюта түсими, халықтың турмыс сапасын жақсылаў ҳәм дәраматларын арттырыў, мәмлекеттиң инвестициялық потенциалын ҳәм имиджин жақсылаўда туризмниң орны гиреўли екенин атап өтти.
Дөгерек сәўбети соңында қатнасыўшылар сораўларына қәнигелерден жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.