Қарақалпақстанлы жас спортшылар еркин гүрес түри бойынша жәҳән спорт майданында өзиниң ылайықлы орнына ийе болмақта.
19-ноябрь күни Нөкис темир жол вокзалында усы жылдың 15-17-ноябрь күнлери аралығында Японияда 15 жасқа шекемги қызлар арасында спорттың еркин гүрес түринен өткерилген Азия чемпионатының 3-орын жеңимпазы қарақалпақстанлы палўан қыз Улмекен Есенбаеваны салтанатлы түрде күтип алыў мәресими өткерилди.
Азия чемпионатына дүньяның 10 нан аслам мәмлекетлеринен ең күшли палўанлар гилемге түсип, өз-ара күш сынасты.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында 2 спортшы қатнасқан болса, соннан Улмекен Есенбаева 50 кг салмақ категориясында қатнасып, қола медаль ийесине айланды. Ал Феруза Есенбаева 58 кг салмақта қатнасып, чемпионаттың сертификаты менен сыйлықланды.
У.Есенбаева 2005-жылы Нөкис қаласында туўылған. Бүгинги күнде пайтахтымыздағы 24-санлы улыўма орта билим мектебинде тәлим-тәрбия алмақта.
Жас спортшыны жарысқа Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен тренер Баҳадыр Қәлимбетов таярлады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы