Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде интернет тезлигин 2018-жылдың ақырына шекем 8-10 есеге көбейтиў ҳаққында тапсырма бергенинен хабарыңыз бар.

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА интернет тезлигиниң 10 есеге көбейиўи бойынша сораў менен Өзбекстан Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм «Өзбектелеком»ға мүрәжат етти.

Агентликтиң мүрәжатына жуўап сыпатында, Өзбекстан Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги интернет тезлиги мәселеси менен «Өзбектелеком» компаниясы шуғылланатуғынлығын билдирген.

«Өзбектелеком»ның жуўапкер хызметкер Юнус Камолов болса 1-декабрьден баслап Өзбекстанда интернет тезлиги Президент айтқанындай 10 есеге көбейтилиўин мәлим еткен.

«Ҳәзирги ўақытта техникалық жумыслар жуўмақланбақта. Сырт елли бирге ислесиўшилер менен дүзилген шәртнамаларда интернет 10 есеге тезлесиўи көрсетип өтилген», – деп жазылған хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги